Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Даулетбаева Зияда.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
178.69 Кб
Скачать

Тема:Байланыс компанияларындагы интернет тармағында хызметлер корсетиу бизнес процеслери.

Жобасы:

Кирисиў

1. Бизнес жоба

1.1 Бизнес жобаластырыўға экономикалық тийкарлама жаратыў

2.Кәрхананың қысқаша түсиндирмеси оның мақсети ҳәм мәселелери («Мультикабельные сети ).

2.1 Компания хызметлери

3.Кабель телевидение – бүгинги күнде коммуникация системасының ең белгили тараўы.

3.1Интернет тармағына жалғаныўды байланыстырыў

3.2Кәрхана шеңберине тийисли ҳүжжетлер дизими

Жумақлаў

Пайдаланылған әдебиятлар

Кирисиў

Бизнес жоба- кәрхананың биринши ҳүжжети. Оның қурамында исбилерменлик ҳәрекетиниң бас бағдары белгиленеди. Жобаның тийкары әҳмийетли мәселелрди көрип өтиў. Жобада әҳмийетли мәселе менен биргеликте кәрхана ушын онша әҳмийетли болмаған мәселелерде бериледи.

Қандай да бир жумысты басламақшы болсаңыз ол әҳмийетли ҳәм оншелли дәрежеде әҳмийетли болмағаны менен әлбетте бизнес-жоба дүзиледи. Әсиресе жумысты баслаўдың дәслепки басқышларында оғада әҳмийетли деталлар усы жоба арқалы дүзиледи.

Бизнес-жоба мазмуны туўры ҳәрекет пенен белгиленеди. Барлық ҳәрекет анық бериледи. Бул жобаластырылмаған финанслық машқалардан ғәрежетлердиң жумсалыўынан қорғайды. Демек жоба сизиң күткен дәраматыңыздың негизиде болыўы мүмкин себеби бунда ҳәр бир ҳәрекет жумсалатуғын ғәрежетлер менен оларға сәйкес келип түсетуғын дараматлар айырмашылығы тийкарында қәлиплесип отырады.

Жоба барлық кәрханалар ушын бирдей болыўы мүмкин емес. Ҳәр бир кәрхана өз жобасын жаратыўда жеке өзгешеликлерин есапқа алады.Жобалар кәрхананың хызмет тараўы бойынша әмелге асады.

Тийкарғы ҳәм ең әҳмийетли жағдай булл жаратылып атырған бизнес-жоба мәнисин аңлаў, оның финанслық қурамын орнатыў ҳәм соңғылықта раўажланыў ушын оны шешиў жолларын ҳәм қуралларын анықлаў болып табылады.

Бизнес-жобаны жаратыў бойынша масләҳәтлнр дизими:

- мағлыўмат әпиуайы ҳәм түсиникли формада болыўы;

- проект аты- проекттиң мәнисин аңлатыў:

- тәўекелшилик мүмкиншиликлери максимал тәризде белгиленеди:

- экспертлер арқалы баҳалаўларды жүрите отырып баҳалаў процессин аңсатластырыў.

Мобил модули подстанциялар бизиң аймағымыз ушын жаңаша бағдар болып есапланады. Конкуренцияның болмағанлығы ҳәм пайдаланыў мүмкиншиликлериниң кеңлиги бундай кәрханалардың раўажланыўын алға илгерлетеди.

Жумыс мақсети:мобил модули подстанция хызметин усыныў бойынша бизнес-жоба дүзиў ҳәм оның экономикалық нәтийжелилигин тийкарлаў.

Орнатылған мақсет бойынша изертлеўдиң төмендеги мәселелери белгиленди:

  1. бизнес-жобаластырыўдың теориялық тийкарын үйрениў:

  2. электроэнергетик қурамның ҳәзирги жағдайын үйрениў, электроэнергетиканың инвестицион ҳәм инновацион принциплерин үйрениў, инновацион идеяларды усыныў.

  3. кәрхананың бизнес жобасын ҳәм проектин дүзиў, оның тийкарғы характеристикалары менен пайдаланыў областын ҳәм базарларды үйрениў.

  4. перспективалық бағдарды, технология, тәўекелшилик, персонал, финанс, инвестиция ҳәм нәтийжелиликти изертлей билиў.

Изертлеў объекти энергетика кәрханалары мысалында бериледи.

Предмети- мобил подстанциялар сферасында кәрхананың мақсетли раўажланыў бағдары.

Бизнес концепциясы- Алға қойылған мақсеттиң ҳәм бизнестиң мазмуны.

Хызмет сферасының шегарасы өндирилген товарлар, базар сегментлери ҳәм кәрхананың технологиялық мүмкиншиликлери болыўы мүмкин. Хызмет бағдары ҳәм сферасы белгиленгеннен соң фирма фирма ерисетуғын мақсетти белгилейди. Булл мақсет қәлиплескен базарда орынға ийе болыў ҳәм сатыў көлемин арттырыў,дәраматты жоқарылатыў, сервислик хызмет үлесин арттырыў, өним сапасын арттырў, өнимлердиң жаңа түрлерин ийелеў бойынша мүддетлерди төменлетиў, базарларға кириў ҳәм ески товарларды шығарып таслаў.

Ҳәр бир мақсет мақсетке ерисиў стратегиясына ийе болыўы керек, оның тийкарында анық илажлардың дизими ислеп шығарылады, оның орынланыў мүддети менен орынлаўшылар, булл илажды әмелге асырыўшылар белгиленеди.

Резюмеде көрсетилетуғын тийкарғы моментлер:

-бизнес ушын мүмкиншиликлер

- бизнестиң өзине тартыўы

- кәрхана ҳәм аймақ ушын әҳмийетлилиги

- зәрүр финанслық ресурслар (жеке ямаса заемлы)

- проекттиң өтелиў мүддети

- заем қаржыларын қайтарыўдың мүкин мүддетлери

- инвестициялаў шәртлери

- күтилетуғын пайда ҳәм оны бөлистириў.

Концепцияны усыныў тәртиби еркин, бирақ оны усынылып атырған бизнестиң бас мақсетинен баслаў керек.Бизнес концепциясы бизнес-жобаның соңында дүзиледи бирақ баста жайласады. Усынылып атырған бизнестиң нәтийжелиликке алып барыўшы факторлары бөлимди жуўмақластырады.

Базарды изертлеў ҳәм анализлеў бүгинги күн талабы тийкарында бағдарланған. Булл бөлимде тийкарынан сапа, баҳа, ўақыт ҳәи алып барыў анықлығы,сервислик хызметлер белгиленеди. Базар ҳәм маркетинг барлық фирмалар ушын шешиўши фактор есапланады.Ең жақсы исленген жобалар нәтийжесиз болыўы мүмкин егер оның қарыйдары болмаса. Сонлықтан булл бөлим қурамалырақ. Инвесторлар менен кредиторларды базардағы жайласыў орнына үйретиў оларды товарларды сатыўды әмелге асырыўдағы мүмкиншиликлерге бейимлестириў.

Сатыў базарының анализи маркетинглик изертлеўлер арқалы әмелге асады ҳәм бир неше этаплардан өтеди:

  1. Сегментлестириў- белгиленген принциплер бойынша базарда қарыйдарларды топарларға ажыратыў (географиялық, психографиялық, демографиялық ҳәм өзлерин услай билиўи).

  2. Базар сегментин ийелеў бойынша шешим. Базардың бир неше сегментин ийелегеннен соң фирма алдында мәселе пайда болады: « Неше сегментти ийелеў керек ҳәм нәтийжели сегментти қалай белгилеў мүмкин екенлиги»

  3. Ең қолайлы сегментлерди таңлаў. Бунда фирма барлық сегмент ҳаққында мағлыўматларды жыйнайды: ақшалай көринистеги сатыў көлеми, болжанған пайда көлеми, сатыў өсиминиң артыў.

  4. Сегмент көлемин баҳалаў. Ул көрсеткиш товарларды (хызметлерди) сатыўдың мүмкин болған көлемин характерлейди ҳәм белгили бир дәўир аралығнда сатылған, потенциал сатылған товарлар муғдары менен белгиленеди.

  5. Сатыўдың потенциал суммасын баҳалаў яғный ийелеў керек болған базар үлеси, демек өз мүмкиншиликлеринен келип шыққан ҳалда сатыў суммасы.

  6. Сатыўдың ҳақықый көлемин баҳалаў яғный анық жағдайларда фирманың ҳақықый сатыў мүмкиншилиги, булл көрсеткиштиң айлар, айлардан айларға, квартал ҳәм кварталдан кварталға өзгериси.

Соның менен бирге ақшалай ҳәм натурал көринистеги сатыў көлеми анықланыўы тийис.

Шөлкемлескенлик жоба

Персонал ҳәм басқарыў бөлиминде менеджер ҳәм оның басқарыў мүмкиншилиги ҳаққында мағлыўмат келтириледи.

Бунда мүкин болғанынша штат кестесине әмел қылынады.

Өндирис жобасы өндирислик процессти көрсетеди. Егер бөлек процесслер кесип алыўшыға тапсырылса, булл шәртте көрсетиледи.Бул бөлим товарларды өндириўшилер ушын арналған. Бундағы тийкарғы мәселе-потенциал қарсыласларға фирманың өним ислеп шығарыў имканиятын көрсете билиўи.

Бул бөлимге кириспестен алдын алдыннан жыйналған мағлыўматлар бойынша фирманың жайласыў орны, қураллары, персонал, қуралланыўшылық бойынша мәселелер шешиледи. Соның менен бирге өнимниң шығарылыў системасы ҳәм өндирис процесслерин қадағалаў тәртиби қай жол менен әмелге асырылыўы, өним баҳасына кириўши тийкарғы элементлердиң қадағаланыў тәртиби ҳәм қураллардың қай тәртипте жайласыўы белгиленеди.Бирақ бүгинги күндеги хожалық байланысларының турақлы болмағанлығы себепли яғный тәмийнатшылардың исенимсизлиги ҳәм қурамлы бөлеклердиң өз ўақтында табылмаўы турақлы бизнес пенен шуғылланыўшыларға кесент ететуғын факторлардың бири.Сыртқы инвесторлар әдетте бизнес жобаны технологик схема нәтийжелилиги, мийнет ғәрежетлериниң қай тәртипте қысқартылыўы есабынан ўақыт ҳәм материаллар утымына ерисиўи, базар талабына сай өним көлемин өзгертиў шеңберинде қарап өтеди.

Бөлимниң соңы өндирис ғәрежетлери ҳәм өндирилген өнимниң өзине түсер баҳасы менен жуўмақланады.

Ең әҳмийетли бөлимнен бири инвестициялық жоба, бунда инвестицияларға талап, соның менен бирге проекттиң қандай қаржылар есабынан әмелге асырылыўы көрсетиледи.

Маркетинглик жоба.

Маркетин жобасы- сатыў көлемине ерисиўди әмелге асырыў ҳәм базар талабын қанаатландырыў есабынан максимал пайдаға ерисиў илажы.Сонлықтан кәрхананың маркетинг стратегиясын белгилеў ең әҳмийетли.

Булл стратегияны ислеп шығыўда сыртқы факторларды есапқа алыў зәрүр ( технология ҳәм запрослардың өзгериў тенденциясы, тутыныўшылар мотивациясы), соның менен бирге маркетинг комплексин ислеп шығыў арқалы базар шәртлерине бейимлесиў яғный товар, баҳа, сатыў сиясаты ҳәм сервислик хызметке бейимлесиў.

Тийкарғы стратегия баҳа сиясатына қаратылыўы керек ҳәм ол төмендеги методларға тийкарланады:

- толық ғәрежетлерге

- орташа ғәрежетлерге

- шекли ғәрежетлерге

-өндиристиң турақлы ғәрежетлерине

-туўры ғәрежетлерге (пайданың мақсетли нормасы).

Потенциал тәўекелшиликти белгилеўши бөлимде әҳмийетлилиги бойынша тийкарғылардан есапланады, себеби тәўекелшилик факторы кәрхананың финанслық-хожалық ҳәрекетине тәсир етпей қалмайды.

Соның менен бирге төмендеги тәўекелшилик түрлерин есапқа алыў зәрүр;

-өндирислик, өндирис процессиндеги насазлықлар ямаса шийки зат, материал,қурамлы бөлеклерди жеткериўдеги кемшиликлер

-коммерциялық, базарда өнимниң сатылыўы толық әмелге асырылмаўы

-финанслық тәўекелшилик, булл инфляциялық жағдайлар, төлемлердиң әмелге асырылмаўы ямаса валюта курсларының тербелислерине байланыслы.

- форс мажор шәртлерине байланыслы тәўүекелшилик бунда күтилмеген жағдайлар жүзеге келиўи мүмкин ( сиясий курс өзгериси ҳәр қыйлы апатшылықлар).

Тәўекелшиликти төменлетиў методлары ишинде коммерциялық қамсызландырыў, резерв фондты жаратыў, финанслық турақлылық есабынан көлемли запас муғдарына ийе болыў зәрүр.

Финанслық жоба

Қәлеген бизнес жобаның әҳмийетли бөлеги финанслық жоба болып есапланады ҳәм ол 3-5 жыл аралығына дүзиледи:

- қәрежетлер менен дәраматлар жобасы

- қаржыладың түсими ҳәм жумсалыўы

- ҳақықый ақша ғәрежетлериниң ағымының анализи

- баланс жобасы

Дәрамат ҳәм ғәрежетлер жобасы

Финаслық жобаны дүзиў сатыўды болжаўдан басланады. Бул болжам, дәслепки үш жылға дүзиледи. Биринши жылда дәраматлар менен ғәрежетлер жобасын дүзиў ушын айлар бойынша сатыў көлемин есапқа алыў зәрүр.Бундай болжамды дүзиў ушын тутыныўшыларға опрос өткериў, саўды хызметкерлерине опрос жүритиў, экспертлер менен маслаҳәтлер жатады.Жаңа исбилерменлерде әдетте сатыў көлеми избе из артады, ал сатылған өнимниң өзине түсер баҳасы базы аралықларда өзгермели болады. Булл сол ўақыттағы базар жағдайы менен байланыслы.

Дәраматлар менен ғәрежетлер жобасында биринши жылдың айлары бойынша дүзилген жанапай (накладной, улыўма фирманың) ғәрежетлердиң барлық статьялары бойынша баҳаланыўы киритиледи.Ис ҳақы ғәрежетлери хызметкерлер саны есабынан дүзиледи ҳәм булл шөлкемлестириўшилик жобасы есабынан әмелге асырылады. Дәраматлар менен ғәрежетлер жобасында хызметкерлер ис ҳақылар арттырыў ғәрежетлери де есапқа алыныўы зәрүр. Тағы бир есапқа алынатуғын шәртлердиң бири, базарды ийелеўдиң биринши айларында хызмет ғәрежетлери, комиссион төлемлер жоқары шкалада болады. Фирманың раўажланыўы менен қамсызландырыў, реклама, склад ханаларының ғәрежетлер муғдары артып отырады. Булардың барлығы дәраматлар менен ғәрежетлер жобасында сәўлелениўи керек.

Жобаларда екинши ҳәм үшинши жыл болжамларда киритилиўи керек. Екинши ҳәм үшинши жыллар ушын эксплуатацион ғәрежетлерди болжаўда, өзгермели статьяларды қарап өтиўден баслаў керек. Буған статьялар бойынша ғәрежетлер, амортизацион ажыратпалар, коммунал төлемлер,аренда ғәрежетлери киреди

Ақшалай түсимлер ҳәм төлемлер

Бул жоба дәрамат ҳәм ғәрежетлер жобасы сыяқлы, белгиленген болжаўлар тийкарында дүзиледи, бирақ ўақыт өзгерисине бола тастыйықланбаўы да мүмкин. Бул жағдайда жобада сәйкес дүзетиўлерди киритиў зәрүр. Потенциал инвесторларға түсиникли болыўы ушын барлық болжамлар менен ықтыярый шәртлер ,бизнес жоба текстинде берилиўи керек. Егер қандай да бир аралықта төлемлер түсимнен артып барса фирма қарыз қатнасығын жолға қойыў керек.Егер басқа айларда түсим төлемнен артса, аўысық ақша қысқа мүддетли ссудаға бериледи ямаса банк есап бетине қойылады.

Xақықый ақша ағымын болжаў (нақ)

Бундай болжам ақшалай түсим менен төлемлер есабынан дүзиледи. Ол үш жылға дүзиледи ҳәм бунда биринши жыл бойынша мағлыўматлар айлар бойынша жайластырылады. Есаплардың төлемлер мүддети ҳәр қыйлы болғанлықтан, ақша зәрүрлигин анықлаў биринши жыл ушын әҳмийетли саналады.Дәраматлар айлар бойынша өзгешеленеди соның менен бирге, ақшаларда.Банк есап бетине ақшалар өз мүддетинде келип түспейди, сонлықтан товар сатылғаны менен де турақлы ғәрежетлерди жабыў ушын қарыз алыў шәртлериде белгилениўи тийис, мысалы ис ҳақы ямаса коммунал төлемлер менен есапласыўлар.

Баланслық жоба

Бул бөлимде фирманың актив ҳәм пассив ғәрежетлери, өндирис ушын қойылған ғәрежетлер, бөлистирилмеген пайда көрсетиледи. Баланслық жобаның дүзилиўи ушын дәраматлар менен ғәрежетлер, ақшалай түсимлер менен олардың жумсалыўы киритиледи. Баланс жоба активлер счетынан ( ақша ғәрежетлери, қурылмалар, имарат, жер) ҳәм пассивлерден ( кредиторлар алдында миннетлемелер) ибарат, олардың айырмасы кәрхананың жеке капиталын ҳәм салықларды алып таслағаннан соң қалған ғәрежетлерди көрсетеди.

Финаслық жобаның мақсетине бизнес нәтийжелилигин анықлаў киреди.

Соседние файлы в папке Referat